Энергетика институты шөлкемлестириледи

    Бул институттың барлық аймақларда филиаллары шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

    Өзбекстанда және бир жоқары билимлендириў мәкемеси - Энергетика институты шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

    Бул ҳаққында Энергетика министри "Өзбекстан 24" телеканалына берген интервьюинде айтып өтти.

    Министрдиң атап өтиўинше, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен электр энергетикасын 2025-2035-жылларда раўажландырыў илажлары бойынша өткерилген мәжилисте тараўда кадрлар таярлаўды раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

    Сапалы жумысларды шөлкемлестириўде кадрлар мәселесинде айрықша бағдарлама исленеди. Энергетика министрлиги жанында Энергетика институты шөлкемлестириледи.

    Бул ҳәр бир ўәлаятта филиалларына ийе энергетика билимлендириў мәкемеси болады. Онда энергетика бағдары бойынша заманагөй бағдардағы кәсиплер оқытылады. Энергетика қаржысы, базары, оның бөлистирилиўи, генерация түрлери, жаңаша түрдеги энергетика сақлаў системасы бойынша қәнигелер жетистириледи.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates