Энергетика министрлиги: электромобиллерди қуўатлаў станциялары бойынша министрликтиң позициясы қатаң ҳәм турақлы

    9 қаңтар 2025 247

    "Ташкентте электромобиллерди қуўатлаў станциялары тийкарсыз өширилмекте" сыяқлы тарқалған ҳәр қыйлы шаўқым ҳәм миш-мишлерге анықлық киргизилип алынды.

    Энергетика министрлигинде электромобиллерди қуўатлаў станцияларында жүзеге келип атырған машқалалы мәселелерди үйрениўге бағышланған сөйлесиў болып өтти.

    Энергетика министриниң орынбасары Умид Мамадаминовтың басшылығында өткерилген бул ушырасыўда министрлик хызметкерлери, Бас прокуратура, "Өзэнергоинспекция", Кадастр агентлиги", Аймақлық электр тармақлары" АЖ, "Жасыл энергия" ЖШЖ ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң тийисли жуўапкерлери, сондай-ақ, “Tok Bor”, “Megawatt Energy”, “GreenTE”, “Q.Watt”, “TezTok”, “Mustang Energy”, “Voltauto”, “EBB Charging” ҳәмде “Spectre Energy” компанияларының басшылары қатнасты.

    Ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм қызғын пикир-таласларға бай болып өткен бул әнжуманда соңғы ўақытлары ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда "Ташкентте электромобиллерди қуўатлаў станциялары тийкарсыз өширилмекте" сыяқлы түрли шаўқым ҳәм миш-мишлерге анықлық киргизилди, деп хабар береди министрликтиң мәлимлеме хызмети.

    Сөйлесиўде субпотенция сыпатында халыққа хызмет көрсетип киятырған компаниялар өзлери дус келген машқалалар ҳаққында айтып берди. Тийисли жуўапкерлердиң бул бойынша түсиниклери тыңланды.

    Сондай-ақ, Энергетика министрлигиниң 17-декабрь күни жәрияланған позициясы қатаң ҳәм өзгермейтуғыны, министрлик қуўатлаў станцияларын тармақтан үзиў бойынша тапсырма бермегенлиги және экологиямызды сақлаўға үлкен үлес қосатуғын электромобиллерди Өзбекстанда ғалаба ен жайдырыў тәрепдары екени және бир мәрте атап өтилди. Соның менен бирге, исбилерменлерден де энергетика тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртиплерге әмел етип жумыс алып барыўлары соралды.

    Ушырасыў жуўмағында бундай сөйлесиўлерди тез-тез өткерип турыў усынысы ҳәмме тәрепинен мақулланды. Исбилерменлер ҳәм тараў жуўапкерлериниң пикир-усыныслары тыңланып, усынысларды үйренип шығыўға келисип алынды.