Соның ишинде, Президент кеңесгөйиниң орынбасары - Халық қабыллаўханасының басшысы Улуғбек Муҳаммадиев басшылығындағы жумысшы топар ўәкиллери, секторлардың басшылары ең алыс, шетки аймақларда болып, адамлар менен пикирлесиў алып бармақта.

Нөкис қаласынан жүз километр узақлықтағы Қоңырат районының "Қоңырат", "Қаратал" аўылларында халық, "мәҳәлле жетилиги" менен сөйлесиўлер ўақтында киши исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллерин ойландырып атырған мәселелер үйренилип, орынларда шешим табылды. Аўыр социаллық жағдайдағы шаңарақларға әмелий жәрдем көрсетилди.

Нөкистен үш жүз километр узақлықта жайласқан Елликқала районы "Чуқурқақ" аўылы халқы менен сөйлесиўлерде алдынғы көшпели қабыллаўлардағы мүрәжатлар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы да үйренилди.

Сол күни халық ушын арзанластырылған саўда ярмаркалары шөлкемлестирилип, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың жағдайы менен таныстырылды, оларға қысқы кийим-кеншеклер, азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Нөкис қаласынан жетпис километр узақлықтағы Қараөзек районы "Қутлы мәкан" мәҳәллесинде шөлкемлестирилген гезектеги көшпели қабыллаўда тийкарынан тәбийий газ, электр энергиясы, денсаўлықты сақлаў, салық жеңилликлери бойынша бир қатар мүрәжатлар көрип шығылып, олардың көпшилиги орынларда шешилди. Сондай-ақ, шетки аўылларда үйме-үй жүрип, аўыр шараяттағы шаңарақлар, наўқаслар, жалғыз кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алынды.

Президент Халық қабыллаўханалары ҳәм секторлардың бирге ислесиўиндеги бундай әмелий жумыслар, халық пенен сөйлесиўлер, көшпели қабыллаўлар Аралбойының қалған аймақларында да шөлкемлестирилмекте.