Агентликтиң мәлим етиўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты жаўын-шашын (жаўын қарға айланады) болады. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 12-14 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 1-3 градус ыссы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 2-7 градус суўық, күндизги ўақытлары 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.

Бухара Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын қарға айланады) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 20-23 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 0-5 дәреже жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын қарға айланады) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 дәреже жыллы, күндиз 3-8 дәреже жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын қарға айланады) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 20-23 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 дәреже жыллы, күндиз 3-8 дәреже жыллы болады.

Республиканың таўлы аймақлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўады, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшкиси қәўпи бар. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 20-23 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 2-7 градус суўық, күндизги ўақытлары 0-5 градус жыллы болады.