"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда азғана қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус суўық, күндиз 0-2 градус жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде бираз қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.

Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа бираз бултлы болады жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндизги ўақытлары 2 градус суўық - 3 градус жыллы болады.

Бухара, Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм күнниң биринши ярымында айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндизги ўақытлары 2 градус суўық - 3 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 9-14 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады кешке қарай жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты қар жаўады, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 2-7 дәреже суўық болады.