баннер
27 Mar 2025
04:27

    Ертең барлық мәмлекетлик шөлкемлерде электр энергиясы бир саатқа өшириледи

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлигиниң басламасы менен елимизде 25-март - "Жер ўақты" күнине бағышлап арнаўлы акция өткериледи.

    Атап өтилиўинше, акция шеңберинде барлық мәмлекетлик шөлкемлерде электр энергиясы бир саатқа өшириледи. Буннан мақсет тәбийий ресурсларды қәстерлеп сақлаў, үнемлеўге әмел етиў ҳәм сол арқалы планетамызға ғамхорлық көрсетиў болып табылады.

    "Қәдирли ўатанласлар! Бәршеңизди усы акцияға бийпәрўа болмаўға ҳәм күн даўамында тек ғана 60 минутқа электр энергиясынан пайдаланбаўға шақырамыз. Бул арқалы сиз Жердиң тәбийий байлықларын қәстерлеп сақлаўға өз үлесиңизди қосасыз ҳәм басқаларды да планетамызға ғамхорлық етиўге ийтермелейсиз", - делинеди хабарда.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech