"Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек кешке таман қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаныӊ температурасы түнде 15-17 градус, күндиз 26-28 градус жыллы болыўы күтиледи.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 32-37 градус ыссы болады.

Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 30-35 градус ыссы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

Қашқадәрья ўәлаяты;

Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 30-35 градус ыссы болады.

Сурхандәрья ўәлаяты;

Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 30-35 градус ыссы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, кешке қарай 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 17-22 градус жыллы болады.