Атап өтилиўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда азғана қар жаўыўы мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-3° суўық, күндиз 4-6° ыссы болады.

Қарақалпақстан Республикасы;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 1-6 градус жыллы болады.

Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндизги ўақытлары 3-8 градус жыллы болады.

Бухара, Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндизги ўақытлары 3-8 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм азанда айырым жерлерде бираз қар жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.

Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық - 3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўады, думан түседи. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 0-5 градус жыллы болады.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық болады.