баннер
31 Mar 2025
07:27

    Ертең айырым ўәлаятларда жаўын жаўады

    Усы жылдың 28-март күни Республикамызда ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады. Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар.

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен бираз жаўын жаўады. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 4-6 градус жыллы, күндиз 10-12 градус жыллы.

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

    ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде бираз жаўын жаўады. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2-7 градус жыллы, күндиз 12-17 градус жыллы болады.

    Наўайы ўәлаяты;

    ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде бираз жаўын жаўады. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 12-17 градус жыллы болады.

    Бухара ўәлаяты;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 12-17 градус жыллы болады.

    Ташкент, Сырдәрья ўәлаятлары;

    ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде жаўын жаўады. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-6 градус жыллы, күндиз 10-15 градус жыллы болады.

    Самарқанд, Жиззах ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-6 градус жыллы, күндиз 10-15 градус жыллы болады.

    Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-6 градус жыллы, күндиз 12-17 градус жыллы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1-6 градус жыллы, күндиз 8-13 градус жыллы болады.

    Республиканың таўлы аймақлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында (2000 м ден жоқары) қар көшиўи қәўпи бар. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 2-7 градус жыллы болады.



    Телеграм каналымыз
    Text to speech