Ертең айырым ўәлаятларда жаўын жаўыўы күтилмекте

    17 сәуір 2025 528

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Республикамызда ҳаўа бираз бултлы болады, айырым ўәлаятларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин.

    Агентликке бола, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи, 12-15 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 11-13 градус, күндиз 18-20 градус жыллы болады.

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 градус, күндиз 16-21 градус жыллы болады.

    Бухара, Наўайы ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 градус, күндиз 18-23 градус жыллы болады.

    Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 16-21 градус болады.

    Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 18-23 градус жыллы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 16-21 градус болады.

    Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин. Гүлдирмама бақланыўы мүмкин. Сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 8-13 градус жыллы болады.