баннер
25 Apr 2025
10:35

    Ертең ҳаўа температурасы 35 градусқа шекем көтериледи

    Усы жылдың 10-апрель күни Республикамызда ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 5-20 градус, күндиз 17-35 градус болады.

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 10-12 градус, күндиз 25-27 градус жыллы болады.

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 30-35 градус жыллы болады.

    Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 27-32 градус болады.

    Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

    Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 14-19 градус, күндиз 27-32 градус жыллы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

    Республиканың таўлы аймақлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус, күндиз 17-22 градус жыллы болады.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech