Ертең ҳаўа температурасы +40 дәрежеге шекем көтериледи

    6 мамыр 2025 1110

    Усы жылдың 7-май күни республикамызда ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин.

    "Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 19-21 градус, күндиз 36-38 градус ыссы болады.

    Қарақалпақстан Республикасында;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 18-23 градус, күндиз 28-33 градус ыссы болады.

    Хорезм ўәлаятында;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 18-23 градус, күндиз 28-33 градус ыссы болады.

    Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 18-23 градус, күндиз 35-40 градус ыссы болады.

    Ташкент, Сырдәря, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятларында;

    ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 17-22 градус, күндиз 33-38 градус ыссы болады.

    Қашқадәря ҳәм Сурхандәря ўәлаятларында;

    ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 18-23 градус, күндиз 35-40 градус ыссы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында;

    ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 32-37 градус болады.

    Республиканың таўлы аймақларында;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус ыссы болады.