Азанғы дене шынықтырыў – саламатлық гиреўи

    «Өз алдына уллы мақсетлерди қойған халық тек саламат ҳәм күшли болған жағдайда ғана гөзлеген нийетине ерисе алады. Халқымыздың саламат болыўы ҳәм уллы жумысларды әмелге асыра алыўында дене тәрбиясы ҳәм спорттың әҳмийети жоқары», – деп атап өткен еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

    Ҳақыйқатында да, инсан өз имканиятларынан келип шығып, спорт пенен шуғылланып, денесин шынықтырып турса денсаўлығы ушын оғада пайдалы есапланады. Әсиресе, ҳәр күни азанда 15-20 минутлық дене шынығыўы ямаса 40-60 минут даўамында ашық ҳаўада пияда жүриў оғада пайдалы.

    Бүгин Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ерте таңнан профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасыўында азанғы дене шынықтырыў илажы шөлкемлестирилип, оған 1000 ға шамалас адамлар қатнасты.

    Институтта жақында ғана пайдаланыўға тапсырылған заманагөй спорт комплекси ҳәм үлкен спорт майданы усы мақсетлерге ерисиў ушын тийкарғы база болып хызмет етпекте.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    “Янги Ўзбкекистон” хабаршысы


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates