Енди қурылысқа үлес қосыў тек ғана нотариал тастыйықланған ҳәм кадастр уйымларында белгиленген тәртипте рәсмийлестирилген шәртнама тийкарында әмелге асырылады.
Усы жылдың 1-июльинен баслап қурылысшылар ҳәм қарыйдарлар арасындағы үлес қосыў шәртнамалары мәжбүрий тәртипте нотариуста тастыйықланыўы ҳәм кадастр дизиминен өткерилиўи шәрт. Бунда шәртнама кадастр органларында дизимнен өткерилгенде, үлес ийесинде, яғный сатып алыўшыда талап етиў ҳуқықы жүзеге келеди.
Усы сәнеден баслап жаңа механизм - "эскроу" системасы енгизиледи. Бул система үлеслик, яғный турақ жай сатып алыў тилегиндеги қарыйдардың ҳуқықларын толық қорғап, төлем пуллары исенимли сақланыўын кепиллейди.
Хош, система қалай ислейди?
Эскроу системасы - бул қурылысшы ҳәм қарыйдар ортасындағы алды-саттың жаңаша формасы. Енди, еле питпеген үйден квартира сатып алмақшы болған пуқара, сол үйге өз қаржыларын тигиў арқалы үлесшиге айланады. Буның ушын қурылысшы, яғный девелопердиң өзине емес, банкке төлейди. Пайдаланыўшының төлеген пуллары өз алдына эскроу есап бетинде жыйналып барылады.
Үй питпегенше қурылыс компаниясы бул пуллардан пайдалана алмайды. Турақ жайды болса өз қаржылары ямаса банк кредити тийкарында қурып питкереди.
Үлеслик шәртнама арқалы девелопер көрсетилген жайды қурып, өз ўақтында тапсырыў миннетлемесин алады. Банк болса үлес ийесиниң пул қаржылары эскроу есабында топланыўы, қәўипсиз сақланыўы, сондай-ақ, турақ жай қурылысын жойбарлық қаржыландырыўды әмелге асырады ҳәм бул арқалы турақ жайды өз ўақтында сапалы қурып, ийесине жеткерип бериўди кепиллейди.
Эскроу системасы шеңберинде "Шаффоф қурилиш" миллий мәлимлеме системасында турақ жайлар қурылысы бойынша бирден-бир ашық-айдын электрон платформа жаратылды ҳәм бул система 2025-жыл 1-июльден иске қосылады.
Девелоперлер турақ жайды усы платформада дизимнен өткермей турып, халықтың қаржыларын үлеске киргизиў тийкарында тартыўы мүмкин емес.
Бул система максимал дәрежеде инсан факторынан шекленип, ҳәммеси интеграция тийкарында ислеп шығылмақта. Девелопер объектти платформаға киргизгеннен соң, банк тәрепинен үйди өз ўақтында қурыў имканиятлары үйрениледи. Қурылыс процесинде жумыстың орынланыў графиги қадағалап барылады. Жойбарлық қаржыландырыўдан гөзленген мақсет те усы.
Электрон платформада қурылысшы компания ҳәм объект ҳаққындағы барлық мағлыўматлар, атап айтқанда, объекттиң жойбар бойынша жайласқан анық мәнзили, қабатлары, кириў жоллары, қалаберсе, компанияның жойбарлаў ҳүжжетлери, унамлы экспертиза жуўмағы, қурылыс басланатуғын сәне ҳәм пайдаланыўға тапсырыў мүддети сыяқлы мағлыўматлар жыйналып барылады. Бул мағлыўматларды қарыйдарлар да платформада бақлап барыўы мүмкин. Яғный, қурылысшы рухсатнамасының бар екенлиги, рейтинги ҳәм алдынғы жойбарлары ҳаққында билип алыўы мүмкин болады. Қурылыс процесслериниң платформа арқалы ашық-айдын бақлап барылыўы өз гезегинде, турақ жай қурылысы базарындағы инвестициялардың қәўипсизлиги ҳәм исенимли девелоперлер базарының қәлиплесиўине хызмет етеди.
Итибар бериң, усы тийкарда мәмлекетимизде девелопер-қурылысшылардың жаңа ашық-айдын рейтинг системасы қәлиплеседи.
"Эскроу" есабында топланған қаржылардың көбейиўи нәтийжесинде девелопер шөлкемлерге жойбарлық қаржыландырыў шеңберинде әмелдеги ставкаларға салыстырғанда бираз төменирек ставкада қаржылар ажыратылады. Бул болса эскроу системасы енгизилгеннен соң, жаңа турақ жайлардың баҳасы кескин артып кетеди, деген мағлыўматларды бийкар етеди.
Қурылысы питкерилип, қарыйдар квартираны қабыл еткеннен соң, оның банк есап бетиндеги пуллары девелопер шөлкемге жибериледи. Қурылысшы өз миннетлемелерин орынламаған жағдайда, бул пул пуқараға толық муғдарда қайтарып бериледи. Яғный, үй питпей қалса, қарыйдар күйип қалмайды, банкке қойған пулларын машқаласыз қайтарып алады.
Пуқаралардың турақ жай ушын төлеген пуллары ҳәр тәреплеме қорғалады. Атап айтқанда, жоқарыдағы пәрман менен эскроу есап бетине қаратылған пул қаржыларын тоқтатып турыў ямаса есаптан шығарыў ҳәм мәжбүрий орынлаўға қаратыў қадаған етиледи.
Сатып алыўшы шәртнаманы белгиленген тәртипте рәсмийлестирип, кадастр уйымларында дизимнен өткерилгеннен соң, пуқара усы үлести еле үй питпей турып, мүлк сыпатында саўға етиўи, сатыўы ямаса басқа бир шахсқа ўәсият етип қалдырыўы мүмкин.
Солай етип, усы жылдың 1-июльинен баслап, үлеслик тийкардағы қурылысларда қурылысшы ҳәм қарыйдар арасындағы алды-саттың формасы ҳәм мазмуны өзгереди. Бул тәртип жылдың ақырына шекем ықтыярлы болады, 2026-жыл 1-январьдан болса қурылыста қаржыларды тартыў тек ғана эскроу есабы арқалы әмелге асырылады. Усы тәризде, жаңадан қурылып атырған жайларды белгиленген мүддетлерде ийелерине тапсырыў ҳәм халық төлеген пуллардың музлап қалмаўы толық жаңа система қадағалаўына өтеди.








