Атап айтқанда, 20 жаңа турақ жайларда 658 квартира қурылысы режелестирилген. Районда 2024-жылы 8, 5 ҳәм 7 қабатлы 301 квартиралы турақ жайлар қурылып, өз ийелерине тапсырылған еди. 2025-жылы болса 406 квартираға мөлшерленген 13 5 ҳәм 7 қабатлы турақ жайлар қурып питкерилди. 7 қабаттан ибарат турақ жайлар энергия үнемлеўши қурылыс материаллары, лифт ҳәм ақыллы ысытыў қазанханалары менен үскенеленгенин атап өтиў керек. Бул болса турақ жайларда жасайтуғын халық ушын көплеген қолайлықлар ҳәм қәўипсиз орталықты жаратпақта.
2026-жылы да бул жумысларды даўам еттириў режелестирилген. Айтып өтиў орынлы, 20 турақ жай қурылысы нәтийжесинде 310 млрд сумлық жумыслар әмелге асырылады. Саўда ҳәм хызмет көрсетиў арқалы 158, қурылыс жумысларында болса 750 жаңа жумыс орны жаратылады. 80 саўда ҳәм хызмет көрсетиў объекти жаратылады.
Буннан тысқары Беруний районы орайында жайласқан 196 квартиралы 16 көп қабатлы турақ жайларда реновация жумыслары алып барылады. Әмир Темур, Орайлық ҳәм Хорезм мәҳәллелери аймақларында жайласқан көп қабатлы турақ жайларда реновациядан кейин заманагөй типтеги турақ жайлардың бой тиклеўи режелестирилген. Ықшам ҳәм барлық заманагөй қолайлықларға ийе болған турақ жайларға бүгин халық тәрепинен талап үлкен. Сол себепли турақ жайлардың қурылысында сапалы қурылыс материалларынан пайдаланыў бойынша турақлы мониторинг орнатылған.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.