Мәмлекет басшылары мүбәрек Рамазан айы ҳәм жақынласып киятырған бәҳәр әййямы - Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Саўданы көбейтиў, санаат кооперациясы, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде әмелий бирге ислесиў бойынша жойбарларды алға қойыў мақсетинде өз-ара муўапықласқан илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы күнлерде Қазақстан қалаларында өтип атырған қоспа мәдений-гуманитарлық илажларға жоқары баҳа берилмекте.
Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин, соның ишинде, "Орайлық Азия плюс" форматындағы саммитлерге таярлықты көрип шықты.