Бийтәкирар экспозиция еки мәмлекет арасындағы терең тарийхый, илимий ҳәм мәдений байланысларға бағышланған. Ол "Рим ҳәм Кушон империяларының саўда қатнасықлары", "Биринши Ояныў дәўири", "Марко Поло", "Әмир Темур", "Мырза Улығбек" ҳәм "Заҳириддин Муҳаммед Бабур", "XIX әсирде Өзбекстандағы италиялылар", "Екинши жер жүзилик урыста өзбекстанлылардың Италияны азат етиўге қосқан үлеси", "Өзбекстан ҳәм Италия: мәдений мийрасты сақлаў" сыяқлы 9 темалы бөлимнен ибарат.
Мийманларға Афросиёбтың "Самарқанд ҳүкимдары тәрепинен елшилерди қабыл етиў мәресими" атамасындағы дийўалдағы сүўреттиң белгили италиялы уста Мауро Пеллицонни тәрепинен Флоренция мозаикасы усылында исленген бийбаҳа нусқасы көрсетилди.
Сондай-ақ, жетекшилер ҳәр қыйлы тарийхый естеликлер, графикалық сүўретлер, қолжазба ҳәм миниатюралар, сийрек ушырасатуғын әдебий басылымлар, мүсинлер, архив сүўретлери ҳәм ҳүжжетлери менен танысты.












