Европа Аўқамы менен парламентлераралық байланыслар беккемленеди

    2025-жыл 12-майда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Эдуардс Стипрайс пенен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстан парламенти ҳәм Европа парламенти арасындағы өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, әҳмийетли регионаллық ҳәм глобаллық мәселелер бойынша пикир алысыў, тәжирийбе ҳәм мәлимлемелер менен өз-ара алмасыўды даўам еттириў мәселелери додаланды.

    Сөйлесиў ўақтында Самарқанд қаласында өткерилген "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити еки регион арасындағы өз-ара исеним ҳәм турақлы қарым-қатнасты беккемлеўде әҳмийетли тийкар болғаны айрықша атап өтилди.

    Сондай-ақ, Ташкент қаласында апрель айында табыслы өткерилген Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында Европа мәмлекетлери парламенти ўәкиллериниң белсене қатнасқаны, Ассамблея шеңберинде қабыл етилген ҳүжжетлердиң Европа Аўқамы тәрепинен қоллап-қуўатланғаны жоқары баҳаланды.

    Тәреплер сиясий сөйлесиўди избе-из даўам еттириў, нызамшылық процесинде алдынғы көзқарасларды алмасыў ҳәм парламентлераралық байланысларды беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге таяр екенин билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates