Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити болып өтеди.
Бүгин, 2-апрель күни Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляен усы саммитте қатнасыў ушын мәмлекетимизге келди.
Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Қысқа сәўбеттен соң, Европа комиссиясы Президенти өзи ушын ажыратылған резиденцияға жөнеп кетти.