Олар саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге қаратылған.

Соның ишинде:

- Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң Өзбекстан Республикасына сапарының жуўмақлары бойынша биргеликтеги билдириў;

- Өзбекстан Республикасы ҳәм Ҳиндстан Республикасы ҳүкиметлери арасында 2026-2030-жылларға мөлшерленген мәдений алмасыўлар бағдарламасы;

- Аюрведа ҳәм дәстүрий медицинаның басқа да түрлери тараўында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы;

- Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Фаёзтепа ҳәм Қаратөбе аймағында археологиялық изертлеўлер өткериў ҳаққында протокол;

- Экономикалық ҳәм финанслық сөйлесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы;

- Туризм тараўында 2026-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

- Геология ҳәм минерал ресурслар тараўында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы;

- Архив иси тараўында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы;

- Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети ҳәм Сушма Сварадж атындағы сырт ел байланыслары институты арасында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы;

- Самарқанд ўәлаяты ҳәм Гужарат штаты арасында шериклик байланысларын орнатыў ҳаққында келисим.