ФАО Қарақалпақстандағы Миллий саламатлық марафонын қоллап-қуўатлайды

    Саламатлық 7 қазан 2025 401

    2025-жыл 4-октябрь күни Нөкис қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Қарақалпақстан Республикасында Миллий саламатлық марафонын өткериўди қоллап-қуўатлады. Илаж шеңберинде шөлкем тәрепинен қаладағы Жаслар орайында баслаўыш класс оқыўшылары ушын оқыў тренинги өткерилди.

    Илаж ФАОның "Мектеп аўқатланыўының тәжирийбе бағдарламасы арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм аўқатланыўды арттырыўды қоллап-қуўатлаў" жойбары шеңберинде әмелге асырылды ҳәм балаларда саламат аўқатланыў көнликпелерин қәлиплестириў, тең салмақлы аўқатланыў ҳәм қоршаған орталыққа абайлы қатнаста болыўдың әҳмийети ҳаққында хабардарлықты арттырыўға қаратылған.

    ФАОның қәўипсиз ҳәм саламат аўқатланыў мәселелери бойынша миллий мәсләҳәтшилери 3-4-класс оқыўшылары ушын интерактив сабақлар өткерди. Оқыўшылар ойын түринде макро ҳәм микро азықлықлар не екенин, не ушын мәўсимлик өнимлерди пайдаланыў әҳмийетли екенин, сондай-ақ, аўқатланыўдың инсан саламатлығы ҳәм экологияға қандай тәсир ететуғынын билип алды.

    Тренинг бағдарламасы Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Санитария, гигиена ҳәм кәсиплик кеселликлер илимий-изертлеў институты тәрепинен ФАО менен биргеликте таярланған "Өз саламатлығыңыз ҳәм қоршаған орталықты сақлаў ушын қалай аўқатланыў керек" атамасындағы оқыў қолланбасына тийкарланған. Сондай-ақ, киши мектеп оқыўшылары ушын сәйкеслестирилген "Азық-аўқат қәўипсизлигиниң бес тийкары" атамасындағы реңли плакаттан пайдаланылды.

    Материалларды таярлаўдан алдын қәнигелер тәрепинен Ташкент ўәлаяты Зангиата районындағы бес мектепте оқыўшылардың билим дәрежеси үйренилип, оқыў материаллары балалардың жас өзгешеликлерине сәйкеслендирилген.

    Тренинг шеңберинде оқыўшылар қысқа видеороликлерди тамашалады, викториналарға қатнасты ҳәм естелик саўғаларын алды. Тренерлер қатнасыўшыларға "Саламат аўқатланыў - бул күш, күш-қуўат ҳәм өзимизге ҳәм планетамызға ғамхорлық!" деп еслетти.

    Бул баслама ФАОның Өзбекстан мектеплеринде өсип киятырған әўлад арасында саламат турмыс тәризи ҳәм қәўипсиз аўқатланыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў бағдарындағы ҳәрекетлериниң бир бөлеги болды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates