Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Кәмбағаллықтан абаданлыққа" бағдарламасын әмелге асырыўға белсенди нураныйларды тартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди (ПҚ-405-санлы, 25.11.2024-жыл).
Қарар менен мәҳәллелерде үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған абырайлы үш белсенди нураный бес кәмбағал шаңараққа бириктириледи.
Шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыўда нураныйлардың тийкарғы жумыс бағдарларында төмендегилер әмелге асырылады:
Үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм киши өндирис үскенелери және басқа да зәрүр техника қуралларын бөлип-бөлип төлеў шәрти менен ижараға алыўға жәрдемлесиў;
шаңарақ перзентлерин өнермент ҳәм усталарға шәкиртликке бириктириў сондай-ақ, усы шаңарақлардың билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған перзентлерин оқыў үскенелери ҳәм қураллары және спорт кийимлери менен тәмийинлеў;
пияда жүриў мәдениятын үгит-нәсиятлаў;
кексе жастағы пуқаралар ушын сәйкес болған спорт илажларын шөлкемлестириў, оларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға тартыў.
Белсенди нураныйлар ҳәр айда ТМКЕМниң 50 проценти муғдарында хошаметленип барылады.
Кекселерди спортқа тартыў ушын ҳәр бир мәҳәллеге жылына 10 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылады.