Тек биржа арқалы сатылатуғын товарлар дизими кеңейтилди

    Дизимге хлорид ҳәм нитрат кислоталары; натрий цианид; натрий гипохлорит; суйық азот, суйық хлор; цинк белиласы; ферромолибден, базальт, фосфорит ҳәм доломит ҳәм оның өнимлери киргизилди.

    Министрлер Кабинетиниң 11.04.2025-жылдағы "Заманагөй биржа механизмлерин енгизиў арқалы биржа саўдаларында баҳалардың өзгериўиниң алдын алыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы МКҚ-220-санлы қарары қабыл етилди.

    2025-жыл 15-июльден баслап монопол кәрханалар ҳәм (ямаса) устав фондында (капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық шахс, устав фондының (капиталының) 50 проценти ҳәм оннан артығы устав фондында (капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық шахсқа тийисли болған юридикалық шахс тәрепинен ислеп шығарылған:

    хлорид ҳәм нитрат кислоталары;

    натрий цианид;

    натрий гипохлорит;

    суйық азот, суйық хлор;

    цинк белиласы;

    ферромолибден, базальт, фосфорит ҳәм доломит уны өнимлерин барлық қарыйдарларға ишки базарда тек ғана биржа саўдалары арқалы базар принциплери тийкарында сатылады.

    Ҳүжжет пенен Өзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасында еки тәреплеме қарама-қарсы аукцион арқалы биржа саўдаларын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Мағлыўмат ушын: еки тәреплеме қарама-қарсы аукцион биржа саўдаларында әмелге асырылатуғын ҳәм бир ўақыттың өзинде товарларды сатыў бойынша өз усынысларын киргизетуғын сатыўшылар ҳәм де сатып алыў ушын өз усынысларын усыныс ететуғын қарыйдарлар қатнасатуғын аукцион.

    Товарларды еки тәреплеме альтернатив аукцион режиминде саўдаға қойыўға руқсат бериўге биржаның Листинг комиссиясы тәрепинен оларды биржа котировкалаў бетине киргизиў жолы менен жол қойылади.

    Биржа котировкалаў бетине киргизилетуғин товарлар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:

    биржа саўдаларына көтере партияларда қойылыўы;

    жоқары ликвидли, турақлы сапа көрсеткишлерине ийе болыўы;

    товар саўдаға турақлы түрде (мүрәжатлар турақлылығы) қойылып барылыўы ҳәм сатылыўы;

    товарды саўдаға қойыў ўақтында оларды алдын ала көзден өткериў талап етилмеўи;

    мәжбүрий тәртипте муўапықлығы баҳаланыўы керек болған өнимлердиң муўапықлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң болыўы.

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 11.04.2025-жылдан күшке кирди.