Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма қаржылары 147,7 миллиард сумды қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 203 телефон номери сатылған.
Биржа саўдалары
Есабат дәўиринде ашық биржа саўдаларында 25 853 келисим дүзилген.
бийдай
Өткен ҳәптеде биржа саўдалары арқалы 37 402,0 тонна бийдай сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 319 қарыйдар қатнасты. Орташа күнлик сатыў көлеми 7 480,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде бийдайдың күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 3 126,5 мың сумнан 3 123,9 мың сумға шекем төменледи.
техникалық туқымлар
Биржа саўдалары арқалы 9 341,0 тонна техникалық туқым сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 7 қарыйдар қатнасты. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 1 868,0 тоннаны қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде техникалық туқымлардың күнлик орташа баҳасы 1 тоннасы ушын 5 954,4 мың сумнан 5 008,9 мың сумға шекем арзанлады.
карбамид
Өткен ҳәптеде саўдаға 13 055,0 тонна карбамид шығарылып, соннан 12 933,0 тоннасы ямаса 99,1 проценти сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 2 587,0 тоннаны қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде барлық маркадағы карбамидтиң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 4 256,3 мың сумнан 4 199,7 мың сумға шекем төменледи. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 1 мың 556 қарыйдар қатнасты.
Ҳәптелик баҳалар менен усы силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин.