Бул "ақыл саўашы" қатнасыўшылардың логикалық пикирлеўлерин арттырады, билимлилерди кейинги басқышқа таңлап алыў арқалы бәсеки ҳәм хошаметлеў менен тынымсыз үйрениў, излениўге бағдарлаўшы көпир ўазыйпасын атқарады. Айтып өтиў керек, бул ойын шөлкемлестирилгенине көп ўақыт өтпей-ақ, қаншадан-қанша талантлы, билим ийелерин жүзеге шығарды, илимге умтылыўшы жасларды изине ерте алды.
Соның ишинде, зийрек билимлилерди өз қушағына жәмлеген Ферғана мәмлекетлик университетиниң қәбилетли студент-жаслары "Заковат" интеллектуаллық ойыны ҳәм түрли билим беллесиўлеринде үзликсиз қатнасып, ең жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте.
Мәмлекетимиз басшысының бул интеллектуаллық ойынды раўажландырыўға қаратылған итибары, зийрек жаслар ушын жаратылған шараятлардың нәтийжесинде 2023-жылы оқытыўшылар арасында өткерилген "Заковат" турнириниң республикалық басқышында "ФарМУ" командасы 3-орынды ийелеген болса, 2024-жылы 2-орынға, Ферғана мәмлекетлик университетиниң академиялық лицейи болса 1-орынға көтерилди.
Усы жылдың 16-20-декабрь күнлери жоқары билимлендириў мәкемелери арасында өткерилген "Интеллектуал олимпиада" турниринде спорттың шашка беллесиўлеринде физика-математика факультетиниң 4-курс студенти Исмоилжон Исмоилов ҳүрметли 1-орынды ийеледи.
Бул жеңис бәршемиз ушын қуўанышлы хабар болды. Сондай-ақ, интеллектуаллық олимпиаданың эрудит квартет турниринде болса Ферғана мәмлекетлик университети командасы 1-орынды ийелеп, 100 миллион сум ақшалай сыйлықты қолға киргизди.
Ең қуўанышлысы, жақында жәрияланған интеллектуаллық олимпиаданың жуўмақлаўшы нәтийжелери менен, Ферғана мәмлекетлик университети улыўма командалық есапта 2-орынды ийеледи ҳәм Президент саўғасы - 1,5 миллиард сум ақшалай сыйлық ийеси болды. Бул жетискенликлер жуўмақланып атырған жылдың табысларға бай жуўмағы ҳәм келеси жаңа жылдың табыслы басланыўы болып есапланады. Әлбетте, бул жеңислердиң артында жоқары оқыў орны ректорының басшылығындағы жәмәәттиң тынымсыз мийнети жәмленген.
Бүгин қәлблеринде Ўатанға меҳри қайнап атырған, тамырларында даналардың қаны ағып атырған Жаңа Өзбекстан перзентлери келешекте әлбетте, өзлигин, илимин пүткил дүньяға көрсетеди, күшли интеллектуаллық тийкарға ийе болған қүдиретли мәмлекетти қурады. Ертең олар арасында Ферғана мәмлекетлик университетиниң бахытлы студентлери көпшиликти қураўына гүманымыз жоқ.
Дилобар Гафурова,
ФарМУ Мәлимлеме хызмети.