баннер
27 Mar 2025
12:39

    Ферғана ўәлаятындағы ЖООлардың жумысы және де жетилистириледи

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ферғана ўәлаятындағы жоқары билимлендириў шөлкемлери жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-26-санлы, 24.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, төмендеги университетлер қайта шөлкемлестириледи:

    Ферғана политехника институты ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Ферғана филиалы негизинде Ферғана мәмлекетлик техника университети;

    Қоқанд мәмлекетлик педагогика институты, Ташкент мәмлекетлик техника университети Қоқанд филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Ферғана регионаллық филиалы негизинде Қоқанд мәмлекетлик университети;

    Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Ферғана филиалын қосып жибериў жолы менен Ферғана мәмлекетлик университети.

    2025/2026-оқыў жылынан:

    усы университетлердиң маманлық талаплары ҳәм оқыў бағдарламалары жоқары 300 дизимге кирген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бағдарламалары тийкарында ислеп шығылады;

    қәбилетли студентлер ушын сабақлар шет тиллеринде оқытылатуғын өз алдына топарларда шөлкемлестириледи;

    Ферғана мәмлекетлик техника университетинде Алдынғы инженерлик мектеби ҳәм "спин-офф" кәрханаларының жумысы шөлкемлестириледи және ири өндирис кәрханалары менен шөлкемлери санаат шериги сыпатында бириктириледи.

    Бийкар етилип атырған жоқары билимлендириў шөлкемлеринде оқып атырған барлық студентлер оқыўын жаңадан шөлкемлестирилген тийисли университетлерде даўам еттиреди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech