Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоровтың басшылығындағы ўәлаят делегациясы Қубла Кореяға сапары даўамында AHA Co., Ltd компаниясында болып, бир қатар ушырасыўлар өткерди, деп хабар береди ҳәкимлик мәлимлеме хызмети.
Бул компания 1995-жылы шөлкемлестирилген болып, билимлендириў технологиялары (EdTech), денсаўлықты сақлаў ҳәм электр транспорт қуралларын (EV) зарядлаў үскенелерин ислеп шығарыўға қәнигелескен.
Компанияның Япония, Германия, Қазақстан ҳәм АҚШта халықаралық филиаллары шөлкемлестирилген болып, 2024-жыл жағдайына бола компанияның базар капиталласыўы 28,88 миллион доллар, улыўма саўда дәраматы 55,9 миллион долларды қурады.
Компания басшысы Ку Ги До соңғы жыллардағы заманагөй өндирис тармақлары ҳәм өнимлери бойынша мағлыўмат берди. Өзбекстанда да биргеликте бизнес ислеў тилегин билдирди.
Хайрулло Бозоров Ферғанада жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратып берилиўин, бирге ислесиўге таяр екенин айтты.
Ушырасыўда Кимпо ҳәм Коян қалаларының Саўда-санаат палатасының басшылары, 20 мыңнан аслам исбилерменлери бар екенлиги, Өзбекстанда инвесторлар ушын жаратылған имканиятларды таныстырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Делегация ағзалары компания тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси менен танысты.
Ушырасыў жуўмағында AHA Co., Ltd компаниясы менен ўәлаятымызда мектеплер ушын смарт тахталар және электромобиллер ушын зарядлаў станциясы қурылмаларын ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.