Ушырасыўда Қувасай қаласындағы санаат зонасында улыўма жойбар баҳасы 100 миллион доллар болған, биринши басқышта 30 миллион доллар жумсалыўы нәзерде тутылған тракторлар ислеп шығарыў жойбарын баслаў мәселеси додаланды.

Қытайлы бирге ислесиўшилер менен Ферғана трактор ислеп шығарыў кәрханасы дизимнен өткерилди. Усы жылдың ақырына шекем "Тулпар" миллий бренди тийкарында бир неше маркадағы тракторлар ислеп шығарылады. Кәрхананың төбесине 2 мегаватт электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе қуяш панеллери орнатылады ҳәм өзин-өзи электр менен тәмийинлейди.

Еки басқышлы жойбарға бола, биринши басқышта тракторлар ислеп шығарыўшы завод қурылады ҳәм кейинги басқышта комплектлеўши бөлеклер таярлаў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў жолға қойылады.

Өндирис нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өним сапасын жақсылаў мақсетинде Смарт технологиялардан пайдаланылады. Тракторлар жергиликли ҳәм сырт ел қарыйдарларына жеткерип бериледи.

Дәслепки басқышта 250 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.