Тәреплер бул ушырасыў үш мәмлекет Мәмлекет басшылары - Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон арасында бирге ислесиў ҳәм регионаллық интеграцияны беккемлеў мақсетинде мәмлекет шегарасы мәселелери бойынша алдын ерисилген келисимлер шеңберинде өткерилип атырғанын атап өтти.
Бул ушырасыў халықларымызды бирлестиретуғын үш мәмлекет шегарасы тутасқан аймақта өткерилгени рәмзий мәниске ийе.
Себеби, мәмлекетлеримиз басшыларының күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм конструктивлик қатнасықларға тийкарланған сиясатлары себепли регионда дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, көп қырлы байланыслар беккемленип, жаңа басқышқа көтерилди. Ҳәзирги ўақытта, Орайлық Азия тынышлық ҳәм абаданлық аймағы екени әмелде өз көринисин таппақта.
Сондай-ақ, ушырасыўда болажақ үш тәреплеме илажларды шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Болажақ ушырасыў туўысқан мәмлекетлер арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықларын раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.