Оның сөзлерине бола, "Ферғана ойпатлығы - қәўипсизлик, суў, саўда, экология ҳәм мәдениятқа байланыслы ҳәр бир мәселе биргеликтеги қатнас ҳәм өз-ара исенимди талап ететуғын орын".
"Тек сөйлесиў, шериклик ҳәм турақлы түсинисиў арқалы ғана турақлы тынышлықты беккемлеў ҳәм оған ерисиў ушын шараят жаратыў мүмкин", - деп есаплайды А.Шаменов.
Усы мәниде ол 2025-жыл март айында болып өткен Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан жетекшилериниң саммити айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Оның жуўмақлары бойынша қол қойылған Үш мәмлекет мәмлекет шегараларының тутасқан жери ҳаққындағы шәртнама ҳәм Мәңги дослық ҳаққындағы Хоженд декларациясы көп жыллық шегараласыў мәселелерин биротала шешип, Ферғана ойпатлығында тынышлық ҳәм бирге ислесиўдиң беккем тийкарына айланды.
А.Шаменовтың атап өтиўинше, бул ҳүжжетлер биргеликтеги экономикалық жойбарлар, туризмди раўажландырыў, мәдений алмасыў ҳәм халықлар арасындағы исенимди беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашып беретуғыны менен үш мәмлекеттиң шегаралас ўәлаятларының басшылары ушын айрықша әҳмийетке ийе.
Еслетип өтемиз, форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы, ЕҚБШ, ЕА, сондай-ақ, бир қатар халықаралық ҳәм миллий бирге ислесиўшилер тәрепинен шөлкемлестирилмекте.
Онда ҒМДА, Азия, Европа ҳәм Америкадағы жетекши "ақыл орайлары"ның экспертлери, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң пуқаралық жәмийети, бизнес, академиялық топарлардың ўәкиллери ҳәм жаслар белсендилери қатнаспақта.