Өзбекстан U-17 сайланды командасы Саудия Арабстанында өткен жас өспиримлер арасындағы Азия кубогинде тарийхый нәтийже көрсетип, жеңимпазлықты қолға киргизди. ФИФА рәсмий сайты командамыздың бул табысы ҳаққында мақала жәриялады.
"Өзбекстан 9 футболшы менен Саудия Арабстанын жеңип, Азия кубогинде жеңиске еристи. Қызықлы тәрепи сонда, Команда қурамындағы ҳүжимши Нурбек Сарсенбаев ҳәм қорғаўшы Миразиз Абдукаримов биринши бөлим ақырында майданнан шетлетилгенине қарамастан, еки гол да әйне соннан кейин киргизилди.
Турнир даўамында жоқары дәрежеде ойнаған Исломбек Исмоилов басшылығындағы команда Тоиф қаласындағы "Қирол Фаҳд" стадионында ҳүжимли ойын көрсетиўди даўам еттирди.
Екинши бөлимниң басында қорғаўшы Муҳаммад Ҳакимов пенальти арқалы есапты ашты, 70-минутта болса қанат ҳүжимшиси Садриддин Ҳасанов шырайлы ҳәрекетлери есабынан жеңисти беккемледи. Ҳасанов бул турнирде көрсеткен жоқары дәрежедеги ойыны ушын жарыстың ең жақсы футболшысы, деп тән алынды.
Өзбекстан соңғы сегиз континент турнириниң жетеўинде кеминде шерек финалға шекем жетип барған ҳәм 2023-жылы Индонезияда өткен соңғы жәҳән чемпионатында да усы басқышқа шекем жетип барып, жақсы тәсир қалдырған еди", - делинеди ФИФА хабарында.