Әлбетте, жасларымыздың 190 нан аслам мәмлекеттиң жас инженер ҳәм ойлап табыўшылары жәмленген Инчеон қаласындағы жарыста бундай тарийхый нәтийжени қолға киргизгени жаңа Өзбекстанның халықаралық абырай-мәртебесин және бир мәрте арттырды.
Кейинги жылларда өзбекстанлы жаслар халықаралық майданларда ҳәр қыйлы тараўда: спорт, илим, көркем өнер ҳәм мәденият тараўларында да жоқары орынларды ийелеп, итибарға ериспекте. Жақында Самарқандта болып өткен 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасында шахматшыларымыздың алтын әўлады чемпион болғаны да усындай жетискенликлерден бири. Ақыры, Әмир Темур, Жалалиддин Мангуберди сыяқлы уллы сәркарда, Әл Беруний, Әл Бухарий, Ибн Сина сыяқлы илим ғайраткерлериниң әўладлары спорт жарысларында, түрли пән олимпиадаларында тән алыныўы тәбийғый. Бирақ өзбек жасларының заманагөй технологиялар робототехника инженерлиги тараўында да алдынғы екени адамды еки есе қуўандырады.
Президентимиздиң 13-октябрьдеги пәрманына бола, сайланды командамыз тренери "Содиқ хизматлари учун" медалы, оның ағзалары болған қәбилетли жаслар "Келажак бунёдкори" медалы менен сыйлықланғаны да бийкарға емес. Олар өзлериниң жоқары интеллектуаллық потенциалы, профессионаллық шеберлиги ҳәм заманагөй инженерлик тараўындағы терең билим ҳәм тәжирийбеси себепли усындай ҳүрметке ылайық көрилди.
Ҳәр жылы ҳәр қыйлы мәмлекетлерде шөлкемлестирилетуғын “FIRST Global Challenge” халықаралық жарысында командалар роботларды жойбарлаў, жыйнаў ҳәм программаластырыў арқалы белгиленген инженерлик ўазыйпаларды орынлайды. Жарыстағы тапсырмалар тек ғана робот жойбарлап, соғыўдан ибарат емес. Онда жаслардың илим, технология, инженерлик ҳәм математика тараўларындағы билими сынақтан өткериледи ҳәм дүньядағы глобал машқалаларды шешиў бойынша әмелий шынығыўды да орынлайды.
Быйылғы жарыста қатнасыўшылар өзлери жаратқан робототехника қураллары арқалы тоғай өртлериниң алдын алыў ҳәм өрттен соң оның ақыбетлерин сапластырыў, қайта тиклеў бойынша әмелий шынығыўларды орынлады. Бир сөз бенен айтқанда, жарыста жеңимпаз болыў жасларымыз ушын аңсат болмады. Бирақ заманагөй билимлерди жетик ийелеген татыў бир жәмәәт болып ҳәрекетленгени себепли ўазыйпа айрықша дәрежеде орынланды.
Бул жетискенлик тийкарында соңғы жылларда Президентимиздиң билимлендириў системасы, әсиресе, жасларды заманагөй билимлер, IТ-технологияларға оқытыў бағдарындағы бир қатар нәтийжели баслама ҳәм жойбарларының орны бар. Мәселен, 2019-жылы биринши мәрте шөлкемлестирилген, кейин ала республикамыз көлеминде кең тармақларына ийе болған IТ-парклердиң жумысының нәтийжеси үлкен. Бул структуралар стартап жойбарларын жаратыў, халықтың, әсиресе, жаслардың компьютер технологиялары бағдарындағы билим-таллаўын арттырыў ҳәм IТ тараўын раўажландырыў ҳәм санлы экономиканы қоллап-қуўатлаўға, компаниялар ушын қолайлы орталық жаратыўға, тараўға инвестиция тартыўға хызмет етпекте. "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде болса жасларға заманагөй билим ҳәм көнликпелер бериўши оқыўлар шөлкемлестирилди.
Кейинги он жыллықта әмелге асырылған реформалардың нәтийжеси бүгин өз жемисин бермекте. Ақылы жетик, физикалық саламат, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе бүгинги алтын әўладларымыз мәмлекетимиз басшысының басшылығында жаңа Өзбекстанды қурыўда тийкар ўазыйпасын атқарып атыр. Жоқарыдағы сыяқлы халықаралық жарысларда ерисилген жеңислер болса мәмлекетимиздиң халықаралық имиджиниң көтерилиўине ҳәм дүньяның ең күшли мәмлекетлери қатарында тилге алыныўына тийкар жаратады.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы