Нобель комитети бул қарарды сийшемби, 6-октябрь күни Стокгольмдағы Патшалық Швеция Илимлер академиясы атынан жәриялады, деп хабар берди “dw.com”.

Сыйлық “IceCube нейтрино обсерваториясы жумысына қосқан шешиўши үлеси ҳәм астрофизикалық келип шығыўға ийе жоқары энергиялы нейтриноларды ашқаны ушын” берилди. 2011-жылы Антарктидада қурылған бул обсерватория жақтылық датчиклери менен үскенеленген бир куб километр көлемдеги муз қатламынан ибарат. Ол илимпазларға терең космостағы үлкен энергия бөлинип шығыўы процесинде пайда болатуғын оғада киши нейтрино бөлекшелерин бақлаў имканиятын береди.

"Өте жоқары энергиялы нейтринолар басқа түрдеги бөлекшелер менен бирдей шараятларда пайда болады. Бирақ, басқалардан парықлы түрде олар өз бағытын өзгертпестен ямаса энергиясын жоғалтпастан бизге шекем жетип келеди. Бул соны аңлатады, олар басқа ҳеш қандай усыл менен қолға киргизилмейтуғын мағлыўматлар дереги болып хызмет етиўи мүмкин", - деп атап өтти Нобель комитети.