Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, пахта шийки затын жеткерип бериў бойынша форвард шәртнамаларын дүзиў жолға қойылды.
Бунда, фермер хожалықлары форвард шәртнамаларын дүзиў ушын Аўыл хожалығы министрлигиниң “CropAgro” мәлимлеме системасындағы кабинетке кирип, "Күтилип атырған өнимдарлық бойынша форвард шәртнамасын дүзиў" түймеси басылады ҳәм күтилип атырған өнимдарлық киргизиледи ҳәм сақлаў түймесин басыў жеткиликли болады. Мағлыўматлар болса Биржаның мәлимлеме системасына интеграция арқалы жибериледи.
Саўдаға шығарылатуғын ҳәм тонналарда көрсетилген муғдар алдын биржада сатылған фьючерс шәртнамасындағы муғдар тийкарында автомат тәризде есаплап көрсетиледи. Форвард шәртнамасы бойынша болса пахта шийки заты хожалықлардың өз қаржылары ямаса коммерциялық кредитлери есабынан жетистириледи, - делинеди министрликтиң хабарында.
Соны айрықша атап өтиў керек, форвард шәртнамалары хожалық ҳәм қайта ислеўшилер арасында өз ара келисилген баҳада дүзиледи, яғный фьючерс шәртнамалары ушын белгиленген басланғыш баҳалардан тысқарыда дүзилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, пахта шийки затын өз қаржылары ҳәм коммерциялық кредитлер есабынан жетистирип, биржада сатқан хожалықларға қәлиплескен есап-фактура баҳасының 10 проценти муғдарында субсидия ажыратылады.