Гезектеги көргизбели семинар Қанлыкөл районы Арзымбет
қум АПЖ аймағындағы фермер хожалығы атызында шөлкемлестирилди. Онда тараў
жуўапкерлери, район басшылары, аўыл хожалығы қәнигелери ҳәм фермер
хожалықларының басшылары қатнасты.
Семинар даўамында «Пахта жетистириўде әҳмийетли 30
күнлик» шеңберинде ғаўаша тәрбиясын сапалы шөлкемлестириў, зүрәәтлиликти
арттырыўға қаратылған кешиктирип болмайтуғын агротехникалық илажларды өз
ўақтында әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, ғаўашаның өсиўин ҳәм раўажланыўын
қоллап-қуўатлаў, ыссы климатқа шыдамлылығын арттырыў ҳәм жоқары өнимдарлыққа
ерисиў мақсетинде суспензия еритпесин таярлаў ҳәм оны әмелиятта нәтийжели
қолланыў бойынша қәнигелер тәрепинен фермерлерге әмелий усыныслар берилди.
Семинар жуўмағында фермер хожалықларының басшыларына
усыныс етилген агротехникалық илажларды белгиленген мүддетлерде ҳәм сапалы
әмелге асырыў бойынша зәрүр көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.