Франция менен өз-ара саўда көлеми төрт есеге артты

    2025-жыл 13-августта Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов өзиниң Өзбекстандағы дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Франция Республикасының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Орелиа Боучез пенен ушырасыў өткерди.

    Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириўдеги қоллап-қуўатлағаны ушын өз-ара миннетдаршылық билдирди. Елши Өзбекстанның стратегиялық тармақларында француз компанияларының қатнасыўы артып баратырғанын, бул инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси екенин атап өтти.

    Атап өтилиўинше, соңғы төрт жыл ишинде мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланған, өз-ара саўда көлеми төрт есеге артып, биринши мәрте 1 миллиард долларлық шекти артта қалдырды. Бирге ислесиўди және де беккемлеў, соның ишинде, усы жылдың ақырына шекем Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин шөлкемлестириў режелерин додалады.

    Инвестициялық бирге ислесиўди табыслы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстанда қоспа жойбарларды әмелге асырыўда көрсетилген жәрдем ушын Францияның MND ҳәм SUEZ компанияларының миннетдаршылығы билдирилди. TotalEnergies, Eiffage, EDF, Alstom ҳәм Airbus сыяқлы корпорациялардың қатнасыўында стратегиялық әҳмийетке ийе басламаларды және де алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў жуўмағында министр Лазиз Қудратов Орелия Боучезге Өзбекстан-Франция қатнасықларын беккемлеўге қосқан жеке үлеси ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм оның келешектеги кәсиплик жумысына табыслар тиледи. Тәреплер бирге ислесиўдиң турақлы динамикасын сақлап қалыў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларында өз-ара пайдалы жойбарларды раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлады, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates