Францияның Гретц-Арменвиль қаласындағы "Ураноскоп" обсерваториясы аймағында өзбек халқының уллы бабасы, астроном ҳәм философ Әбиў Райхан Беруний естелиги орнатылды.
Гретц-Арменвиль Парижден 32 километр узақлықта Ил-де-Франс аймағында жайласқан болып, қала жергиликли ҳәм сырт елли туристлер ушын тартымлы мәнзил есапланады. Қала "Château d'Armainvilliers" қорғаны (1877), Сент-Жан-Баптиста ширкеўи (XV әсир), Арменвиль миллий бағы ҳәм басқа да дыққатқа ылайықлы орынлары менен белгили.
"Ураноскоп" француз обсерваториясы 1983-жылы шөлкемлестирилген. Обсерватория Париж обсерваториясы ҳәм "Université Paris-Saclay" менен биргеликте Қуяш системасының киши денелерин, сондай-ақ, метеоритлерди үйрениў бағдарламасы шеңберинде жумыс алып баратуғын илимий орай болып есапланады.
Беруний Жердиң айланыўы ҳаққындағы дәслепки теорияларды алға сүрген ҳәм оның радиусын дурыс анықлаған.
Ҳәзирги күнде Беруний қәлемине тийисли айырым шығармалардың түп нусқалары Франция Медицина академиясында сақланбақта.









