Футзал спорты жаӊа басқышқа алып шығылады

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан футзал федерациясының президенти Бекзат Маматқулов арасында ушырасыў болып өтти.

    Онда елимизде футзал спортын буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды.

    Ушырасыў алдында соңғы жыллары мәмлекетимизде, әсиресе, мәмлекет басшысының басламасы менен спорт тараўына кеңнен жол ашылып атырғаны, жаслар арасында спортқа қызығыўшылық күшейип атырғаны айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, командалық спорт түрлери – футбол ҳәм футзалға қызығыўшылық артып, елимиз байрағын халықаралық майданларда мүнәсип көрсете алатуғын спорчылардың жетисип шығыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди.

    Сөйлесиў даўамында футбол менен бир қатарда футзалды да орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслар арасында усы спорт түрин ғалаба ен жайдырыў, ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестириў арқалы талантларды ашыў әҳмийетли екенлиги билдирилди. Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстан футзал федерациясының Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық бөлимин шөлкемлестириў мәселеси де додаланды.

    Тәреплер Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, Қарақалпақстанда футзал спортын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша бир қатар анық илажларды белгилеп алды. Атап айтқанда, инфраструктураны жақсылаў, жаслар ушын арнаўлы секция ҳәм курслар ашыў, жергиликли ҳәм республикалық дәрежеде жарысларды жолға қойыў сыяқлы мәселелер тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates