БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш 3 миллиард долларлық Жәҳән жасалма интеллектти раўажландырыў қорын шөлкемлестириўди усыныс етти.
"Мен раўажланып атырған мәмлекетлерде базалық потенциалды арттырыў, көнликпелерди раўажландырыў ҳәм мағлыўматларды жыйнаў, есаплаў техникасынан пайдаланыў имканиятын жаратыў ҳәм инклюзив системаларды жаратыў мақсетинде ЖИ глобаллық қорын шөлкемлестириўге шақыраман. Мақсетимиз - 3 миллиард доллар", - деди ол Нью-Делиде жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша конференцияда шығып сөйлеп.
Гутерриштиң атап өтиўинше, ЖИ инсанның орнын басыўы емес, ал оның потенциалын кеңейтиўи, технологиялар болса ҳәмме ушын қәўипсиз болыўы керек, деп жазады tass.ru.