Гидроэнергетика объектлери көзден өткерилди

    Ҳүкимет 6 желтоқсан 2024 2999

    Мәмлекетимиз басшысы Бостанлық районына сапары ўақтында "Угам-1" киши гидроэлектр станциясын көзден өткерди.

    Мәмлекетимизде энергия қуўатлықларын арттырыўда барлық дәреклерден пайдаланылмақта. Атап айтқанда, аймақларда күнлик энергия тәмийнатында гидроэнергетика қолайлы ҳәм нәтийжели. Олар улыўма тармаққа жалғанбаған ҳалда ҳәр бир аймақ ҳәм мәҳәлле кесиминде электр менен тәмийинлей алады. Алынып атырған электрдиң өзине түсер баҳасы да басқа дәреклерге салыстырғанда әдеўир арзан. Сонлықтан кейинги жылларда бул тараўды раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

    Соңғы жыллары елимизде 630 миллион доллар инвестиция есабынан 400 мегаваттан аслам жаңа гидроэлектр станциялары қурылып, олардың қуўатлылығы 2,2 гигаваттқа жеткерилди.

    Ташкент ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 1 мың 330 мегаватт болған 25 гидроелектр станциясы бар. Бул республикамыздағы улыўма гидроенергетика қуўатлылығының 60 процентине тең. Бүгинги күнде баҳасы 880 миллион доллар ҳәм қуўатлылығы 340 мегаватт болған және 4 ГЭС қурылмақта. Сондай-ақ, 2028-жылға шекем ўәлаятта улыўма қуўатлылығы дерлик 2 мың 400 мегаватт болған, 4 миллиард 800 миллион долларлық 23 жойбар әмелге асырылады.

    Қуўатлылығы 1,48 мегаватт болған бул "Угам-1" киши ГЭС қурылысы арқалы жылына 11,8 миллион киловатт саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылды. Заманагөй нәтийжели гидроагрегатлар ҳәм автомат басқарыў системасы орнатылды. Итибарлысы, бунда толық елимиздиң өнимлери қолланылған. Басқаша айтқанда, оны миллий бренд деп атаў мүмкин.

    Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде аймақтағы Чорбоғ, Хумсон ҳәм Угам мәҳәллелериндеги 5 мың шаңарақ және туризм ҳәм дем алыў орынлары үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинленеди. Жылына дерлик 4 миллион метр куб газ үнемленеди.

    Ҳәзирше Угам дәрьясында еки киши ГЭС қурылды. Олардың ҳәр биринен жылына еки жүз миллиард сум дәрамат алынбақта. Суў ағымынан қайта-қайта пайдаланыў арқалы бундай станцияларды онға шекем жеткериў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

    Буның менен тек ғана энергетика мәселеси емес, ал аймақтың инфраструктурасы да жақсыланады. Исбилерменлик, аўыл хожалығы кәрханалары пайда болады.

    Мәмлекетимиз басшысына аймақларда режелестирилген жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

    Тараўға сырт ел инвестициясы ҳәм жеке меншик секторды тартып, 2030-жылға шекем улыўма қуўатлықларды 6 мың мегаваттқа жеткериў белгиленген. Оның ушын ҳуқықый, экономикалық шараятлар жаратылған. Соның ишинде, мәмлекетимиз бойынша еки мыңға шекем микро ҳәм киши ГЭСлерди қурыў имканияты бар.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates