“Green University”де заманагөй “in-vitro” лабораториялары шөлкемлестириледи

    22 қаңтар 2025 1245

    Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сурхандәрья, Жиззақ, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында мәмлекетлик “in-vitro” лабораторияларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, жеке меншик “in-vitro” лабораторияларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў режелестирилмекте.

    Бул усыныс кең жәмийетшилик ўәкиллери, экобелсендилер, социаллық тармақ белсендилериниң пикир-усыныслары тийкарында таярланған ҳәм "Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбарында додаланған.

    Әмелиятқа енгизилиўи

    Жойбарға бола, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм ықлым өзгериўин үйрениў университети (“Green University”) жанындағы Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтында заманагөй “in-vitro” лабораториялары шөлкемлестириледи.

    Халықаралық тәжирийбе

    Сырт елде “in-vitro” лабораторияларында пайдаланыў арқалы нәл жеткерип бериў усылы кең тарқалган усыл болып есапланады. Өсимликлердиң киши бөлеклеринен (тоқыма ҳәм клеткалар) лабораторияда микро көбейтиў төмендеги абзаллықларга ийе:

    - өсимликлерди тез көбейтиў имканияты бар;

    - киши жерден қысқа мүддет ишинде көп нәл алынады;

    - жыл даўамында, мәўсимнен бийғәрез нәл жетистириледи;

    - нәл жетистириў процеси қәўипсиз ҳәм үнемли өтеди, саламат ҳәм арзан нәл жетистириледи;

    - өсимликтиң биологиялық қәсийетлери толық сақланып қалады;

    - сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған өсимликлер усы усыл менен көбейтилип, сақлап қалынады.

    Пайдалы тәреплери

    Республикада ҳәр қыйлы түрдеги нәллерди тез ҳәм көп муғдарда жетистириў имканияты және нәл жетистириўдиң заманагөй системасы жаратылады.

    Бул усылда жетистирилген өсимликлер, бәринен бурын, жер майданларын 3-4 есеге оптималлайды. Әпиўайы усылда нәл жетистириў процеси 3-4 жылды өз ишине алатуғын болса, лаборатория шараятында бул мүддет 2 есеге қысқарады. Буннан тысқары, тез өсиўшилиги, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығы ҳәм ашық орталыққа бейимлесиў сыяқлы абзаллықларға ерисиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates