Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламалары менен санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў мақсетинде қурылған бул заманагөй инновациялық комплексте 365 миллион доллардан аслам тиккелей инвестициялар есабынан 16 өндирис майданы жайластырылған.
Грузия Бас министрине Технопарк кәрханаларында ислеп шығарылып атырған кең түрдеги жоқары технологиялық өнимлер, соның ишинде, турмыслық техника, электрон есаплағышлар, суў насослары, санаат кондиционерлери, суўытыў үскенелери, лифт ҳәм басқалар таныстырылды.









