Бул фестиваль Малайзия, Таиланд, Қубла Корея, Россия, Германия, Бразилия, Мексика сыяқлы 20 дан аслам мәмлекеттен келген қатнасыўшыларды бир жерге жәмледи.
Өзбекстанның Гуанчжоудағы Бас коньсулханасының дипломатлары Гуандун провинциясы университетлеринде билим алып атырған ўатанласлар менен биргеликте мәмлекеттиң мәдений-тарийхый мийрасы ҳәм оның аймақлары бойлап саяхат етиў имканиятлары ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Фестивалдың ең жарқын ҳәм белгили стендлеринен бирине айланған Өзбекстан стендинде, халық өнерментшилиги, әмелий-декоративлик көркем өнер үлгилери, сондай-ақ, кондитер өнимлери, кептирилген мийўелер ҳәм миллий тағамлар көрсетилди.
Қатнасыўшылардың айрықша итибарын Уллы Жипек жолының Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы белгили қалаларындағы тарийхый естеликлерге, сондай-ақ, мәдений, экологиялық ҳәм гастрономиялық туризмге бағышланған бағдарламалар тартты.
Фестиваль жуўмағында Өзбекстан стенди "Ең нәзик дизайн" номинациясында жеңимпаз деп табылды, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.