Мойнақ районындағы Арал мәкан пуқаралар жыйынында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен шебер ҳаял-қызлардың қатнасыўында «Гөззаллық нағыслар жылаўында» атамасында миллий кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

Онда атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, илим ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў, руўхый дүньясын байытыў мәселелерине айрықша дыққат аўдарылған.

Сондай-ақ, шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў ҳәм жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Көргизбеде қатнасыўшылар шебер қызлар тәрепинен тигилген миллий кийим-кеншеклерди, нағысларға толы көрпе-төсек ҳәм басқа да буйымларды тамашалап пикир алысыў имканиятына ийе болды.

Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен илажға белсене қатнасқанлар ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.