Ҳәпте даўамында ҳаўа-райы +31 дәрежеге шекем көтериледи

    7 сәуір 2025 518

    Ертең Өзбекстан аймағы бойынша қурғақ ҳәм жүдә жыллы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары +23...+28 дәреже әтирапында, айырым жерлерде +30 дәрежеге шекем болады.

    Бул ҳаққында Ўзгидромет хабар берди.

    Атап өтилиўинше, 9-апрель - сәршемби күни республика қубласында, орайлық аймақларда ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланыўы мүмкин. Температура +3...+6 дәрежеге төменлейди.

    Ҳәптениң екинши ярымында республиканың барлық аймақлары бойынша ҳаўа тийкарынан бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўа температурасы және көтериледи ҳәм жумыс ҳәптесиниң ақырына келип +28...+31 дәреже болады.

    Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқада ҳәм шөл аймақларда 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

    7-апрельде республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    7-8-апрель күнлери Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар.

    Ташкентте 7-11-апрель күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал бираздан орташа тезликке шекем еседи. Ҳаўаның температурасы 7-8-апрель күнлери +26...+28 градус, 9-апрельде +22...+24 градус, 10-апрельде +25...+27 градус, 11-апрельде +28...+30 градус болады. Температура тийкарынан түнде +10...+15 дәреже болады.