Соның ишинде, бүгин ҳәм ертең Өзбекстанда бираз бултлы, жыллы ҳаўа сақланып қалады. Ҳаўаның температурасы күндиз 11-13 градус жыллы болады.

Ҳәпте ортасынан республика бойлап булттың артыўы күтилмекте, республиканың көпшилик бөлиминде жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана таў алды ҳәм таўлы аймақлардың айырым жерлеринде 16-17-январь күнлери азғана жаўын-шашын жаўыўы, бийик таўларда да жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Ҳаўа температурасы 2-3 дәреже төменлейди.

Түнде ҳәм азанда айырым жерлерде думан түсиўи күтилмекте.

Шығыстан самал жеңил орташа тезликте еседи.

Ташкент қаласында да жаўын-шашынсыз ҳаўа райы болыўы күтиледи. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-3 дәреже ыссы, 13-14-январь күнлери күндиз 11-13 дәреже ыссы, 15-17-январь күнлери болса 8-10 дәреже ыссы әтирапында болады.