Қарарға муўапық, ҳәптениң ҳәр пийшемби күни дене тәрбия ҳәм спорт күни деп белгиленди.

2025/2026-оқыў жылынан:

спорт мектеплерин спорт түрлерине қәнигелестириў әмелияты енгизиледи;

спорт мектеплеринде ғалабалық спорт бойынша тренер-селекционер лаўазымы енгизиледи;

ҳәр бир ғалабалық спорт бойынша тренер-селекционерге 5 ке шекем мәҳәлле ҳәм оның аймағындағы мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери бириктириледи;

ғалабалық спорт бойынша тренер-селекционер өзине бириктирилген аймақта "Бес баслама олимпиадасы", "Физикалық таярлық дәрежеси" спорт жарысларын өткерип барыўға жуўапкер есапланады.

2025/2026-оқыў жылынан аймақлардағы олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатлардың жумысы төмендеги жаңаша тәртипте шөлкемлестириледи:

спорт түрлери бойынша шеберлик мектеплери шөлкемлестириледи;

шеберлик мектеплери жумысы спорт түрлери бойынша қәбилетли жас спортшыларды таңлап алыў ҳәм оларды сайланды командаларға тийкарғы талабан сыпатында таярлаўға бағдарланады және айрықша спорт түрлерине қәнигелестириледи;

шеберлик мектеплериниң оқыўшы-спортшыларының улыўма контингенти жәми 150 ден көп болмаған муғдарда 7-11-класс оқыўшыларынан ибарат болады;

шеберлик мектеплериниң оқыў бағдарламасын өзлестирген ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан өткен 11-класс питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы гүўалық бериледи;

шеберлик мектеплеринде азық-аўқат пенен тәмийинлеў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын ата-аналар төлеми өндирилмейди.