Ҳәптениң екинши ярымынан температура төменлеп, жаўын жаўады

    14 сәуір 2025 442

    Бүгин Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи, тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында ҳәм күнниң екинши ярымында Ташкент ўәлаятында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең 15-апрель күни республика бойынша жаўын-шашын күтилмейди. Бул күнлерде ҳаўа температурасы 24-29 дәреже әтирапында, қублада айырым жерлерде 32-37 дәрежеге шекем болады.

    16-апрельде республиканың айырым жерлеринде бираз жаўын жаўыўы мүмкин. 17-18-апрель күнлери Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде гүлдирмама менен қысқа мүддетли жаўын жаўады. Ҳаўа температурасы әсте-ақырын төменлейди, республика аймағының үлкен бөлиминде 16-апрельде 20-25 градус, 17-апрельде 18-23 градус, 18-апрельде 16-21 градус болады. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады,

    17-18-апрель күнлери айырым жерлерде күшли болады, айырым жерлерде гүлдирмама бақланады. 14-18-апрель күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Ташкентте бүгин күнниң екинши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин, ертең жаўын-шашын күтилмейди. Температура тийкарынан 25-28 дәреже болады. 16-апрельде бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 23-25 градус жыллы болады.

    17-18-апрель күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Температура әсте-ақырын 17-20 дәрежеге шекем төменлейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 12-15 м/с қа шекем күшейеди.