Жаўып өткен қардан кейин Өзбекстан аймағының көпшилик бөлегинде қар қапламы пайда болды. Бүгин азанда ҳаўа температурасы 8-13 градус суўыққа шекем, айырым жерлерде 15 градус суўыққа шекем, ең шетки қублада 4-6 градус суўыққа шекем төменледи.
Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде қурғақ ҳаўа райы 19-декабрь күнине шекем сақланып қалады. Тек ғана 19-декабрь сәршемби күни Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында ҳәм күнниң екинши ярымында Бухара, Наўайы ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын-шашын болады.
Республика аймағы бойынша температура 17-декабрь күни түнде 8-13 градус суўық болыўы сақланып қалады, күндиз болса ҳаўа температурасы көтериле баслайды. 19-декабрьге келип, температура түнде 0-2 градус суўыққа шекем, күндиз 5-7 градус ыссыға шекем, қублада айырым жерлерде 10 градусқа шекем көтериледи.
20-декабрь-жума күни Өзбекстан бойынша айырым жерлерде жаўын-шашын ҳәм қар көринисинде жаўын-шашын болыўы күтиледи. Күндизги температура 0-3 градус ыссыға шекем пәсейеди.
Республиканың айырым жерлерине түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. 18-20-декабрь күнлери айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с ға шекем күшейеди.
Пайтахтымызда: 16-19-декабрь күнлери жаўын-шашын күтилмейди.
Ҳаўаның температурасы түнде 10-12 градус суўықтан 0-2 градус суўыққа шекем, күндизги ўақытлары 3-5 градус суўықтан 5-7 градус ыссыға шекем әсте-ақырын көтериледи.
20-декабрьде ўақты-ўақты жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.
Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 0-2 дәреже жыллы болады.