- Бизиң аймағымыз турғынлары түрли миллет ўәкиллеринен жыйналған болып, бүгинги күнде 8 мың 510 пуқара 1 мың 710 шаңарақта аўызбиршиликли түрде татыў жасап келмекте. Мәҳәллемизде 71 көше бар болса, ҳәр бир көше турғынлары өз үй алдыларын турақлы түрде таза сақлаў бойынша үгит нәсият жумысларын алып бармақтамыз. Бүгинги шембиликке де 200 ден аслам пуқаралар қатнаспақта. Шембилик даўамында 3 км узынлықтағы жап-салмалар тазаланып, тереклер шырпылып, тәртипке келтирилди, - дейди Нөкис қаласы «Қутлы мәкан» мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы Замира Қутлымуратова.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли бийлигине бола, Наўрыз байрамын көтериңки руўҳта белгилеў ҳәм Рамазан айын мүнәсип өткериў, мәҳәллелер, халықтың жасаў аймақларын абаданластырыў ҳәм санитариялық жағдайын жақсылаў мақсетинде 13-14-март күнлери елимизде улыўмахалықлық шембилик өткерилмекте. Шембилик илажлары даўамында мәҳәлледеги көшелерди, жоллардың бойлары, балалар майданшалары абаданластырылып, аймақ және де абат ҳәм шырайлы көриниске ийе болмақта.

 Нөкис қаласында шембилик шеңберинде ерте таңда «Таза қала» экологиялық акциясына старт берилип, қала ҳәкими Абатбай Данияров улыўмахалықлық шембилик даўамында мәҳәллелер, көп қабатлы турақ жайлар, гүзарлар, қойымшылықлар, көше ҳәм жол бойлары және балалар майданшалары тәртипке келтирилетуғынлығы, тереклер ҳәкленип, путалаў жумыслары алып барылатуғынлығын атап өтти.

Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы мәҳәллелерде, ишки көшелерде шембилик илажларын шөлкемлестириў ушын ҳәр бир мәҳәллеге мүтәжлигинен келип шығып, қатты шығындыларды алып шығып кетиўши 36 түрдеги бирлемши техника қураллары қатнаспақта. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, шембилик даўамында күнине 250-300 тоннаға шамалас турмыслық шығынды топланып, полигонларға шығарып тасланады.

– Мен өзим тийкарынан Хорезмде жасайман. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан медицина институтында педиатрия бөлиминде оқып атырман. Бүгин группалас досларымыз бенен шембиликке шығып, аймақларды тазалаўға өз үлесимизди қосып атырмыз. Нөкис сулыў қала екен. Әлбетте, тазалыққа бәршемиз әмел етиўимиз керек, -дейди Қарақалпақстан медицина институтының студенти Гулсевар Худайназарова.

«Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде «Елдиң абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!» сүрени астында өткерилип атырған шембилик аўызбиршилик ҳәм жоқары шөлкемлескенлик дәрежесинде даўам етпекте.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.